Устазлар-кәсиплик аўқамы дыққат итибарында!

Ҳәр бир жәмийеттиң ертеңги күнги раўажланыўы оқытыўшы ҳәм устазлардың бүгинги ислеп атырған мийнетине байланыслы. Ўатанымыздың ертеңги күни, жас әўладты тәрбиялаў бағдарындағы устаз-муғаллим искерлиги сабыр-шыдамлылық ҳәм мәртлик үлгиси десек ҳасла қәте болмайды. Себеби мектепке дәслепки қадем қойған кишкене балаға бириши ҳәриплерди үйретиўден баслап оны ел-журт хызметине жарайтуғын жетик инсан, өз кәсибиниң устасы болған жетик қәниге дәрежесине алып шығыў аңсат жумыс емес. Буған күнлер, айлар, жыллар даўамындағы пидайы мийнет арқалы ғана ерисиў мүмкин.

Өзбекстан билимлендириў ҳәм  илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика кеңеси кәсиплик аўқам ағзаларының мийнетине байланыслы ҳуқық хәм мәплерин тәмийинлеў, мийнет жәмәәтлеринде хызметкерлерди социал-экономикалық қоллап-қуўатлаў мақсетинде кәсиплик аўқамлары  системасында кең көлемли ис-иләжлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, усы жылдың 3-октябрь күни Өзбекстан билимлендириў ҳәм  илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика кеңеси тәрепинен Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласында “Муғаллимлер ҳәм устазлар күни” байрамы мүнәсибети менен шөлкемлестирилен “Устазлар-кәсиплик аўқамы дыққат итибарында !” атамасында сыйлықлаў иләжы өткизилди.

Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм районларының мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, жоқары билимлендириў мәкемелеринен педагог устазлар ҳәм тәрбияшылар ҳәмде қала, районлардың кәсиплик аўқам бөлимшеси, басланғыш кәсиплик аўқам комитетлери баслықлары, белсендилер, узақ  жыллар тараўда мийнет еткен устазлар, хызметкерлер, билимлендириў пидайылары қатнасты.

Иләжды Өзбекстан билимлендириў ҳәм  илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика кеңеси баслығы Р.Бедилов ашып берди ҳәм елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформаларда билимлендириўдиңи орны ҳәм әҳмийети, тараў хызметкерлерине берилип атырған имкәниятлар ҳаққында пикирлери менен бөлисти ҳәм қатнасыўшыларды 1-октябрь-“Муғаллим ҳәм устазлар күни” байрамы менен қызғын қутлықлады.

Сондай-ақ, Өзбекстан билимлендириў ҳәм  илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Р.Абдурахманов байрам мүнәсибети менен қатнасыўшыларды қутлықлады.

Буннан соң, Республикадағы алдыңғы тәжирийбели муғаллимлер, мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияшылары, устазлар ҳәм техник хызметкерлерден 40 хызметкер Өзбекстан билимлендириў ҳәм  илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика кеңесиниң қымбат баҳалы естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Иләж даўамында бир қатар муғаллим ҳәм устазлар оларға көрсетилип атырған ҳүрмет ҳәм итибардан ҳәмде жыллы мүнәсибеттен жүдә миннетдар екенин, бундай көтериңки кейпият оларда жәнеде күш-ғайрат пенен ислеўге ийтермелеўи, жас әўладқа тәлим бериўде қосымша күш-қуўат бағышлаўын атап өтти.