«Бәрше ҳәрекетлеримиз –Инсан қәдири ушын»

Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңеси тәрепинен 9-май – “Еслеў ҳәм қәдирлеў” күни мүнәсибети менен кейинги жылларда ҳәр жылы жумыс орны ҳәм лаўазымының қандай болыўына қарамастан тараўда нәтийжели жумыс ислеп ҳүрметке ийе болған хызметкерлер ушын Яднама; Тараўда узақ жыллар жумыс ислеп ҳәзирде пенсияда болған ветеранлар ушын Қәдирнама; Тараў кәсиплик аўқамларында узақ жыллар ислеген кәсиплик аўқамы белсендилери ушын Қәдирнама таярланып берилиў дәстүрге айланған.

Сол мүнәсибет пенен 2024-жылдың 03-май күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңесиниң мәжилислер залында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығының орынбасары, Қарақалпақстан кеңеси баслығы, Сенатор У.Жалменов ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Л.Байбосынова менен биргеликте Тараў кәсиплик аўқамларында ислеп кеткен бир қатар кәсиплик аўқам белсендилерине Қәдирнамалар тапсырылды.