СЫРТҚЫ МИГРАЦИЯ МӘСЕЛЕСИ ДОДАЛАНДЫ

25-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыртқы миграцияда жүрген пуқараларды қоллап-қуўатлаў, олардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў, сыртқы миграциядан қайтқан пуқарларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша тапсырмаларының орынланыўы мақсетинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесинде семинар болып өтди.

Семинар Сенатор, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси баслығының орынбасары, Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов басшылығында, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясынан Қарақалпақстан Ресбликасына бириктирилген шөлкем баслықлары ҳәмде район (қала)ларға бириктирилген ўәкиллер қатнасында өткерилди.

Семинар даўамында, Информацион технологиялары ҳәм ғалаба комуникация хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңеси баслығы А.Ишанходжаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының қаржы-экономика ҳәм қамбағаллықты қысқартырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Н.Ерлепесов, Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры орынбасары Ш.Мухаматов, Мәмлекетлик мекемелер ҳәм жәмәәт хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңеси баслығы орынбасары А.Салиховлар Исши топар алдында турған мақсет-ўазыйпалар ҳаққында айрықша тоқталып өтти.

Семинар күн тәртибинен, Қарақалпақстан Республикасы Исши топарыҚарақалпақстан Республикасы Прокурорының ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасарлары менен биргеликте, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесинде ҳәмде район (қала) ҳәкимликлеринде штаблар искерлигин жолға қойыў, сыртқы миграцияда жүрген пуқаралар дизимлерин шөлкемлестириў, орынларда “мәҳәлле жетилиги” ушын мағлыўмат пенен ислеў, пуқаралар менен сәўбетлесиў мәденияты, анкета-сораўнамаларды толтырыў тәртиби, район (қала)лардағы бар болған бос жумыс орынлары ҳәмде жаңа инвестиция жойбарларын иске түсириў арқалы жаратылатуғын жумыс орынлары ҳаққында мағлыўматларды қәлиплестириў ҳәмде “мәҳәлле жетилиги”не усыныў, сыртқы миграцияда жүрген пуқаралардың үйме-үй жүрип, хатлаўдан өткериў ҳәм машқалаларды уйрениў, миграциядан қайтыў қәлеўин билдирген пуқараларды жумысқа жайластырыў ҳәм машқалаларын шешиў бойынша усыныслар ислеп шығыў ўазыйпасы, шаңарақ ағзалары менен сәўбетлесиў ҳәм сораўнамаларды дурыс толтырыў бойынша семинарлар шөлкемлестириўге көмеклесиў ўазыйпалары, пуқаралардың шет елге шығыў ҳәм кириўин мониторинг қылыўшы арнаўлы платформаны жетилистириў ҳәм мәкемелер аралық интеграциялаў иләжлары орын алды.

Семинар соңында, “Сыртқы миграцияда жүрген пуқараларды қоллап-қуўатлаў” бойынша Республика штабының 1-кеңейтирилген мәжилисинде берилген тапсырмалардың орынланыўы ҳаққында анық көрсетпелер белгилеп берилди ҳәмде берилген сораўларға тийисли қәнийгелер тәрепинен жуўаплар берилди.