«Кәсиплик аўқамлары күни» байрамы мүнәсибети менен илаж шөлкемлестирилди

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен пайтахтымыздағы пайызлы орынларының биринде 11-ноябрь «Кәсиплик аўқамлары күни» байрамы мүнәсибети менен илаж шөлкемлестирилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенат ағзасы, Өзбекстан кәсиплик аўқамы Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси баслығы У.Жалменов, сондай-ақ, университетте профессор-оқытыўшылар, цех баслықлары ҳәм кәсиплик аўқамы белсендилери қатнасты.

Илажды Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов ашып берди ҳәм жыйналғанларды 11-ноябрь – «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни» улыўма халық аралық байрам менен қызғын қутлықлады. Буннан соң, Өзбекстан кәсиплик аўқамы Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов, сөзге шығып, бәршени байрам менен қутлықлады. Илаж көркем өнер факультети жәмәәти тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.