Жақсы дем – нәтийжели мийнет тийкары!

Бажыхана хызметкерлериниң дем алыс күнлерин қызықлы ҳәм мазмунлы өткериўин тәмийинлеў мақсетинде бир топар Қарақалпақстанлық бажыханашылардың шаңарақ ағзалары менен “Қарақалпақстан көркем өнер сарайы”да мәдений дем алысы Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы кәсиплик аўқамы тәрепинен шөлкемлестирилди.

Эстрадамыз жарқын ўәкиллери қатнасыўында болып өткен концерт программасына Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасына бириктирилген Нөкис қаласындағы 31-санлы мектеп оқытыўшылары ҳәм “Жас бажыханашылар” дөгереги ағзалары да мирәт етилди.

Бажыхана хызметкерлериниң бул сыяқлы мәдений илажларға шаңарақ ағзалары менен бирге мирәт етилиўи олардың дем алыў күнлерин шаңарақта мазмунли өтиўине ҳәм жаңа ҳәптеде нәтийжели ислеўине имкәният жаратады.