«Өзсанаатқурылысбанк»те жәмәәтлик шәртнамасының орынланыўы додаланды ҳәм есабат-сайлаў жыйналысы өткерилди

«Өзсанаатқурылысбанк» Қарақалпақстан аймақлық филиалында 2020-2025 жыллар ушын имзаланған жәмәәтлик шәртнамасының 2024-жылда орынланыўы ҳәмде басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкеминиң есабат-сайлаў мәжилиси өткерилди.

Мәжилисте Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығының жаслар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Н.Алиев, Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси баслығы Р.Мадреимов ҳәм шөлкемлестириў жумыслары бөлими менгериўшиси М.Атамуратовалар қатнасты.

Иләжде 2023-2025 жыллар ушын имзаланған Жәмәәтлик шәртнамасының 2024-жылда орынланыўы бойынша Жумыс бериўши ҳәмде кәсиплик аўқамы қомитети тәрепинен әмелге асырылған жумыслар бойынша есабатлары тыңланды. Әмелге асырылған ислер көлеми жыйналыс қатнасыўшылары тәрепинен қанаатландырарлы деп баҳаланды.

Додалаў барысында “Жәмәәтлик шәртнамасы – турақлы мийнет гиреўи” атамасында жәмәәтлик шәртнамасының мийнет мүнәсибетлериндеги орны ҳаққында банк хызметкерлерине кеңирек түсиник берилди.

Сондай-ақ, Кәсиплик аўқамының 2020-2025 жыл даўамындағы искерлигине бағышланған Есабат-сайлаў жыйналысында шөлкемниң 5 жыллық есабаты тыңланып, қатнасыўшылар тәрепинен қанаатландырарлы деп баҳаланды. Күн тәртибинде белгиленген барлық мәселелер көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилди.