Мийнетти қорғаўдың нәтийжели мәдениятын биргеликте сәўлелендиремиз

2022-жылдың 22-25-апрель күнлери Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен 28-апрель «Пүткил дүнья жүзилик мийнетти қорғаў күни»не бағышланған «Мийнетти қорғаўдың нәтийжели мәдениятын биргеликте сәўлелендиремиз» атамасында ис-илажлар өткерилди.

Ис-илажлар усы жылдың 22-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы, Қанлыкөл районында ҳәм 25-апрель күни Тақыятас «Ыссылық Электр Станциясы» АЖинде өткерилген болып, ис-илажлар даўамында хызметкерлерге қәўипсиз мийнет шәраяталарын жаратыў, ислеп шығарыў менен байланыслы болған бахытсыз ҳәдейиселердиң алдын алыў ҳәмде мийнетти қорғаўдың нәтийжели мәдениятын жоқары тәризде сәўлелендириў жумысларын жолға қойыў бойынша әмелий жәрдемлер берилди.