Қарақалпақстан Республикаси Прокуратурасы ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 11.02.2005-жылдағы «Хызметкерлерге олардың мийнет ўазыйпаларын орынлаўы менен байланыслы ҳалда жарақатланыўы, кәсип кеселликлерине шалыныўы яки саламатлығының боаса түрде зыянланыўы себепли келтирилген зыянды төлеў қағыйдалары ҳаққында»ғы 60-санлы қарар талапларының орынланыўы үйренилип, Қарақалпақстан Республикасы аймағында жумыс алып барып атырған кәрхана, шөлкем ҳәм мәқемелерде мийнет ўазыйпаларын орынлаўы менен байланыслы ҳалда жарақат алған жәми 216 мийнет майыпларының зыян төлемлери бойынша топланған ҳүжжетлери үйренип шығылды.
Кәрханаларда өндирис пенен байланыслы бахытсыз ҳәдийселерге ушырап, ҳәзирги күнде мийнет майыбы болып қалған жәми 216 мийнеткешлер бар болып, усы мийнеткешлер менен жүз берген бахытсыз ҳәдийселер бойынша Н-1 далалатнамасы рәсмийлестирилген. Бахытсыз ҳәдийселер ақыбетинде пуқараларға Шыпакерлик-социаллық эксперт комиссиясы (ШСЭК) тәрепинен пайызларда мийнет етиў уқыплылығын жойытқанлығы ҳаққында жуўмақлар берилген болсада, жәми 30 мийнеткешлерге жумыс бериўшилер тәрепинен төлениўи лазым болған ҳәр айлық зыян төлемлери төленбестен, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 11.02.2005-жылдағы 60-санлы қароры талаплары бузылыўына жол қойылған.
Усы қарардың 59-бәнтинде “зыян ушын жуўапкер болған жумыс бериўшиниң айыбы менен өз ўақтындаа алынбаған зыянды қаплаў сўммасы бирде-бир мүддат менен шегараланбаған ҳалда өткен дәўир ушын төленеди” деп белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Мийнет Кодексиниң 324-статьясына тийкар, хызметкердиң саламатлығына зыян келтирилгенлиги мүнәсебети менен жойтылған ис ҳақының орнын қаплаў ушын әмелге асырылатуғын айлық төлемлер муғдары мийнетте майып болған жәбирленгенлерге – майыплығы болған шахсларға жеткизилген зыянның орнын қаплаў сўммасы нызамшылықта белгиленген мийнетке ҳақ төлеў эң кем муғдарының елиў пайызынан кем болмаслығы ҳаққында белгилеп қойылған.
Алып барылған үйрениў жумысларының жуўмағында кәрхана, шөлкем ҳәмде мәкемелер тәрепинен 30 пуқараға жәми 794 919 131 (жети жүз тоқсан төрт миллион тоғыз жүз он тоғыз мың бир жүз отыз бир) сўм муғдарында зыян төлемлери төленбегенлиги анықланды.
Усы ҳәдийселерде жуўапкер болған жумыс бериўшилерден пуқаралардың пайдасына усы күнге шекем төленбей киятырған зыян төлемлерин өндириў, алдағы ўақытта ҳәр ай ушын мийнетке ҳақ төлеў муғдарының елиў пайызынан кем болмаған муғдарда зыян төлемлерин төлеп барылыўы ҳәмде мийнетке ҳәм төлеўдиң еңг кем муғдарының асырылған сўммасына сай рәўиште усы зыян төлемлери көбейтирилип барылыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы районларара пуқаралық ислери бойынша судларына даўа арзалар киритилди.
Сондай-ақ, 2024-жылдың 3 айы даўамында (өткен дәўирлер ушын) өндирис пенен байланыслы бахытсыз ҳәдийсеге ушырап, жүз берген бахысыз ҳәдийселер ақыбетинде мийнет етиў уқыплылығын жойытқанлығы ҳәмде бағыўшысын жойтықанлығы ушын олардың шаңарақ ағзаларына төлениўи лазым болған зыян төлемлерин өндириў бойынша Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен пуқаралық ислери боыйнша районларара судларына даўа арзалар киритилип, усы даўа арзалардың жуўмағында суд қарарлары менен – хызметкерлердиң ҳам олардың шаңарақ ағзаларының пайдасына жәми 707 774 254 (жети жүз жети миллион жети жүз жетпис төрт мың еки жүз елиў төрт) сўм муғдарында зыяг төлемлери өндирип берилди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: