«Кәсиплик аўқамлары ҳәм билимлендириў – кеше ҳәм бүгин» атамасында ашық сәўбетлесиў

Усы жылдың 4-ноябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәденият сарайында «Жаңа Өзбекстан – жаңа кәсиплик аўқамлары», «Кәсиплик аўқамлары ҳәм билимлендириў кеше ҳәм бүгин» атамасында Ашық сәўбетлесиў болып өтти. Илажды Сенатор, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығының орынбасары, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы Улықбек Абылаевич Жалменов кирис сөз бенен ашты ҳәм билимлендириў тараўы хызметкерлери ҳәмде бәрше кәсиплик аўқам пидайыларын, хызметкерлерин 11-ноябрь «Кәсиплик аўқамлары күни» байрамы менен қутлықлады.

Соң Өзбекстан кәсиплик аўқамлары гимни жаңрады.

У.Жалменов өткен бир жыл ишинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары кәсиплик аўкамлары тәрепинен әмелге асырылған жумысларғ кең тоқтап өтти.

Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы республикалық кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөкемлестириўшиси Рустам Абдурахимович Абдурахманов сөзге шығып, өткен бир жыл ишинде билимлендириў тараўы кәсиплик аўқам шөлкемлериниң тийисли ҳәкимшиликлер менен биргеликте (Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, олардың орынлардағы бөлимлери) орынланған жумыслар, өткерилген иләжлар ҳаққында қысқаша айтып, қатнасыўшыларды байрам менен қызғын қутлықлады.

Сөзге Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 1-курс студенти, «Мениң Президентим» таңлаўында Өзекстан көлеминде екинши орынды ийелеген Сарыбаеваа Гулферуз шығып кәсиплик аўқамларының орынлап атырған ислерине өз миннетдаршылығын билдирди ҳәм әнжуман қатнасыўщыларын байрам менен қутлықлады.

Нәўбетте кәсиплик аўқамларында узақ жыллар минсиз хызмет еткен 5 пенсиядағы хызметкерлерге естелик саўғалары берилди. Оннан соң ҳәр бир район, қаладан белсендилик пенен хызмет етип атырған бир басланғыш кәсиплик аўқам шөлкеми баслықларына Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы республикалық кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы» менен ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Нәўбет сораў-жуўапларға жетип келди. Тараў хызметкерлери өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар ҳәм тармақтағы машқалалардың шешиў жоллары бойынша түсиниклер алды.

Иләж соңында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жәмәәти ҳәм студентлериниң концерт бағдарламасы илаж қатнасыўшыларына усынылды.