1997-жылдан баслап Халықаралық Мийнет Шөлкеми тәрепинен 12-июнь “Пүткил дүнья жүзилик балалар мийнетине қарсы гүресиў күни” деп жәрияланған.
Усы сәне мүнәсибети менен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен Нөкис қаласындағы «Арал» ҳәм «Туран» балалар дем алыў орайында “Балаларды балалар мийнетинен ҳәр қашанғыданда көбирек қорғаң!” сүрени астында иләж өткерилип, бунда дем алыўшы балалар менен Қарақалпақстан Кеңесиниң мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәплерин қорғаў бөлими меңгериўшиси П.Торемуратов, Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы орынбасары С.Утеулиев ҳәмде спорттың аўыр атлетика түри бойынша Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы чемпионы Е.Жанназаровлар қатнасты.
ϴткерилген иләжда шығып сөйлегенлер, өзлериниң усы табысларына ерисиўинде мәмлекетимизде бәрше шараятлардың жаратылғанлығын, буннан жасларымыз дурыс пайдалана билиўи, биринши гезекте жақсы оқыўы, удайы түрде спорт пенен шуғылланыўы, бос ўақытларын дурыс шөлкемлестириўи кереклигин ҳәм бул бағдарлағы жумысларда ата-аналар кең жәмийетшилик пенен биргеликте жумыс алып барыў зәрүрлигин айтып өтти.
Буннан соң 12-июнь – “Пүткил дүнья жүзилик балалар мийнетине қарсы гүресиў күни”не бағышланып балалар арасында сүўрет салыў таңлаўлары, спорттың шашка, стол тенниси түрлеринен жарыслар өткерилип жеңимпазларға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен дипломлар ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Сондай-ақ “Балаларды балалар мийнетинен ҳәр қашанғыданда көбирек қорғаң!” сүренди астында иләжлар ҳәм Мойнақ районындағы «Ақ кеме», Елликқальа районындағы «Арал балалары», Төрткүл районындағы «Оқ кабутар», Тахыятас районындағы «Айдын жол» балалар дем алыў орайларында өткерилди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: