Балалардың қуўанышы шексиз

Балалар бизиң келешегимиз, ертеңги күнимиздиң ийеси. Оларға қанша итибар берсекте, меҳир көрсетсекте арзыйды. Оларға ғамхорлық көрсетиў, меҳир бериў халқымызға тән уллы пазыйлетлерден есапланады.

1-июнь-«Халықаралық балаларды қорғаў күни» байрамын жақсы күтип алыў мақсетинде Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери Нөкис қалалық бөлимшеси тәрепинен бир қатар иләжлар белгилеп алынған еди.. Усы байрам күни мүнәсибети менен усы жылдың 30-май күни қалалық мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде тәрбияланып атырған 255 тәрбияланыўшы Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрына алып барылды. Бул жерде балаларымыз ушын “Сыйқырлы алма” спектакли қойып берилди. Бул өткерилген иләж балаларымыздың қуўанышларына жәнеде қуўаныш қосып, бир өмир ядында қалатуғындай болып байрамға үлкен саўға болды.

Сондай-ақ, усы күнниң өзинде билимлендириў мәкемелеринде ислеўши бир қатар кәсиплик аўқам ағзаларының перзентлерине байрам мүнәсибети менен материаллық жәрдемлер көрсетилди. Байрам иләжлары даўам еттирилмекте.