Нөкис қаласы билимлендириў тараўы хызметкерлери арасында спорт жарыслары өткерилди

Нөкис қаласы улыўма билим бериў мектеплеринде ислеўши хызметкерлер (ерлер ҳәм ҳаял-қызлар) арсында спорттың шахмат, шашка ҳәм стол теннис түрлеринен 11-ноябрь “Өзбекстан кəсиплик аўқамлары күни”не арналып қаладағы 34-санлы улыўма орта билим бериў мектеби базасында спорт жарыслар өткерилди.

Өткерилген жақсы нəтийжелери бойынша:

Шахмат түринен ерлер арасында 46-мектеп муғаллими Белий Олег, ҳаял-қызлар арсында 51-мектеп муғаллими Ибадуллаева Гулназ 1-орынды ийеледи.

Шашка түринен ерлер арасында 28-мектеп муғаллими Мамбеткаримов Марат, ҳаял-қызлар арсында 44-мектеп муғаллими Мамутова Гулжахан 1-орынды ийеледи.

Стол теннис түринен ерлер арасында 23-мектеп муғаллими Қазақбаев Азамат, ҳаял-қызлар арсында 34-мектеп муғаллими Қутлымуратова Юлдуз 1-орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазларына Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеңеси тəрепинен диплом ҳəм естелик саўғалары тапсырылды.