Ҳаял бар екен – әлем гүлистан

Усы жылдың 7-март күни Республикалық руўхый ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминде 8-март “Халық араралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсебети менен мәдений илаж болып өтти.

Илажда Республикалық руўхый ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы Т.Атамуратов сөзге шығып барлық хызметкерлер атынан бөлимде жумыс алып барып атырған ҳаял-қызлар ҳәм нураний хызметкерлерди қутлықлады ҳәмде оларға гүл ҳәм байрам саўғаларын тапсырды.