Нөкис қаласындағы Республика қан қуйыў орайында “15-февраль саратан кеселлигине шалынған балалар күни” мүнәсабети менен «Мен донорман» акциясы болып өтти.
Инсанның өмирин сақлап қалыў көбинесе қан қуйыў процеси менен байланыслы. Қан болса химия лабораторияларында ислеп шығарылмайди, ол инсан организминдеги бийбаха инәм. Тек жақсы инсанлардың жәрдеми менен аўыр жағдайдағы наўқасларды өмирге қайтарыў, олардың өмирине өмир қосыўы мүмкин. Соңғы жылларда бундай саўап әмелди атқарап атырған инсанлардың саны барған сайын көбейып атырғаны қуўанышлы.
Сондай-ақ, донорлықтың абзаллықлары бойынша түрли акция, үгит-нәсиятлаў жумысларының көбейип атырғаны ийгиликли ислерге бас қосып атырғанлар санының асыўына түртки болмақта.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген бул акцияда 18 жастан 60 жасқа шекемги пуқаралар, әскерий хызметкерлер, студент-жаслар, мәмлекет хызметкерлери, кеўилли жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери донор ретинде қатнасты.
Усы илаж республиканың басқа да районларындағы медицина мәкемелеринде де өткерилди.
Қайырқомлық илажда гепатитке шалынбаған, “Д” дизимде турмайтуғын саламат пуқаралардың донор ретинде қатнасыўлары тәмийинленди.
Саламат инсан ушын қан тапсырыў улыўма қәўипсиз. Себеби, инсан организминде әдетде 4,5 – 5 литр қан болады ҳәм одан 200 ямаса 400 мл алынады. Организмде болса азайған қан муғдарын 36 саат ишинде толық тиклеп алыў қәсийети бар. Ең әҳмиетлиси, артериал гипертония қәстелигиниң алдын алыў, елементлер алмасыныўын жақсылаў ҳәм иммунитет системасын беккемлеўде қан тапсырыўдың әҳмийети үлкен.
Инсанның инсанға қан тапсырыўы сыяқлы жоқары дәрежедеги сыйлығы болмаса керек. Бул арқалы кимгедир өмыр бағышлаў – ең саўап әмеллердиң бири есапланади.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: