«Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў» темасында оқыў-семинары өткерилди

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 30-июлдағы ПФ-5775-санлы Пәрманы ҳәмде Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў” Миллий комиссиясының 2022-жыл 12-август күнги 14-санлы баянламасы менен тастыйықланған “АҚШ Мәмлекетлик департаментиниң “Адам саўдасына қарсы гүресиў” ҳаққындағы баянатында келтирилген усынысларды әмелиятқа ен жайдырыў бойынша ис-иләжлар жобасы”ның 6-бәнтинде көрсетилген пахта жыйын терим мәўсиминде мониторинг жумысларында қатнасатуғын мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер ўәкиллери, пуқаралық жәмийети белсендилери, ғалаба хабар қураллары ҳәм блогерлер ушын мәжбүрий мийнет жағдайларын анықлаў ҳәм бул процессте белсендилердиң қатнасы ҳәм ҳәрекетлери бойынша 2022-жыл 06-сентябрь күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясынын Қарақалпақстан Кеңеси мәжлислер залында “Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў” атамасында оқыў-семинар шөлкемлестирилди.

Оқыў-семинарға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси жуўаплы хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Қарақалпақстан белсенди ҳаял-қызлар ассоциациясы, Қарақалпақстан нәгиранлар жәмийетиниң Нөкис қалалық бөлимшелеринен ўәкиллер ҳәмде ғалаба хабар қурал ўәкиллери ҳәм блогерлер қатнасты.

Оқыў-семинарды Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов кирис сөз бенен ашып берди.

Оннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнаслары министрлигиниң Бозатаў районы Мәмлекетлик мийнет ҳуқық инспекторы Б.Даулетбаев “Мәжбүрий мийнеттиң алдын алыўда Халық аралық ҳәм миллий нызамшылық нормалары, мәжбурий мийнет ҳаққында мүрәжәәтлерды кѳрип шығыў ҳәм айыпкер шахслардың жуўапкершилиги мәселелери ҳаққында” атамасында, «Кегейли-Шымбай Агрокластер» ЖШЖ баслығы Ж.Бердимуратовтың “Пахта жыйын терими мәўсиминде теримшилерди тартыў, мийнет мүнәсибетлериниң жүргизилиўи (келисим, шәртнамалар дүзиў, терим ис ҳақысын тѳлеў) тәреплердиң ҳуқық ҳәм миннетлери, жуўапкершилиги мәселелери ҳаққында” атамасында, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң мийнетти қорғаў бойынша жетекши қәнигеси С.Оразымбетовтың “Пахта жыйын терими мәўсиминде теримшилердиң санитариялық-техникалық қәўипсизигин тәмийинлеў, мийнетти қорғаў ҳуқықларының бузылыўының алдын алыў, теримшилер ушын жаратылыўы лазым болған шараятлар ҳаққында” атамасындағы баянатлары менен қатнасты.

Оқыў-семинар жуўмағында қатнасыўшылар өз-ара пикир алмасып ҳәм өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.