Усы жылдыӊ 27-апрель күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясыныӊ Қарақалпақстан Кеӊесиниӊ 3-Атқарыў комитети мәжлиси болып өтти.
Жыйналысты Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясыныӊ Қарақалпақстан Кеӊеси баслығы орынбасары М.Данияров алып барды. Онда Қарақалпақстан Кеӊеси аппарат хызметкерлери, Атқарыў комитети ағзалары ҳәмде тараў жуўаплы шөлкемлестириўшилер, Республика Кеӊеслери, бирлескен комитет, тараў қала (район) кеӊеслери, басланғыш кәсиплик аўқам комитети баслықлары қатнасты.
Мәжлис даўамында күн тәртибине киритилген 9 әҳмийетли мәселелер, усылардан Жәмәәт шәртнамасыныӊ 2025-жылда орынланыўына байланыслы 2-ЖШ формасы бойынша есабатлар жуўмақлары, Беруний районындағы кәсиплик аўқам шөлкемлеринде Устав талаплары орынланыўына байланыслы әмелге асырылған жумыслар, Қарақалпақстан Кеӊесиниӊ Редакциялық комиссиясы ҳәм басқа мәселелер ҳаққында ўазыйпалар додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.







Spelling error report
The following text will be sent to our editors: