Жаңа ϴзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!

Мәмлекетимизде жаратылған күшли социаллық қорғаў нәтийжелери тийқарында ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары тәрепинен халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын, имканияты шекленген шахсларды, әсиресе, басқалардың қараўына мүтәж жалғыз баслы кекселерди мәнзилли социаллық қорғаўын күшейтиў мақсетинде анық илажлар әмелге асырылмақта.

11-ноябрь – ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси тәрепинен 2022-жыл 2-15-ноябрь күнлери аралығында «Жаңа ϴзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!» идеясын өзинде жәмлеген қайыр-сақаўат илажлары өткерилмекте.

Усы жылдың 4-ноябрь күни ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси хызметкерлери, Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры жәмәәти ҳәмде белсенделери Нөкис қаласында жайласқан ҳаяллар ушын “Мириўбет үйи”ндеги жасаўшыларынан хабар алды.

Илажда Сенатор, ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығы орынбасары, ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси баслығы У.А.Жалменов қатнасып, усы үйде жасаўшылар менен сәўбетлести ҳәм олардыӊ ҳал-жағдайлары менен танысты.

Соның менен бирге, “Мириўбет үйи”ниң жасаўшы өнерментлердиң буйымлары көргизбеси қойылды, ал ҳәўескер жасаўшылар атқарыўындағы концерт бағдарламасы бәршеге байрам кейпиятын бағышлады.

Қарақалпақстан кеңеси тәрепинен “Мириўбет үйи”не жәми 20 млн сумлық қәўендерлик жәрдемлер көрсетилди.

Усындай илажлар ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының буўындағы барлық шөлкемлер тәрепинен Өзбекстан Республикасының бәрше ўалаятларында өткерилмекте.

Сондай-ақ, усы жыл 5-ноябрь күни Шымбай районындағы ерлер ушын «Мириўбет үйи»нде ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси тәрепинен «Жаңа ϴзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!» идеясын өзинде жәмлеген қайыр-сақаўат илажы өткериледи.