“Спорт – саламатлық гиреўи” сүрени астында спартакиада жарыслары өткерилди

Кейинги жыллары басқа тараўлар сыяқлы денсаўлықты сақлаў тараўында да Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кең ен жайдырыў ҳәм ғалабалық спортты және де раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПП-6099 санлы Пәрманы тийкарында хызметкерлер арасында спорт жарысларын шөлкемлестириў арқалы олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм ғалабалық спортқа кең түрде тартыў арқалы саламат түрмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бойынша қатар илажлар әмелге асырылмақта.

“Спорт-саламатлық гиреўи” сүрени астында Спартакиада жарысларының  өткерилиўи сөзимиздиң айқын мысалы болып, бундай спорт жарысларын шөлкемлестириў  тараўда дәстүрге айланған.

2022-жылдың 21-май күни Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси менен биргеликте Нөкис Абу Али Ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумының спорт базасында жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў оқыў орынлары хызметкерлери арасында саламат турмыс қәлпин енгизиў, оларды спортқа кеңнен тартыў мақсетинде “Спорт-саламатлық гиреўи” сүрени астында Спартакиада спорттың армрестлинг, шашка, стол тенниси, жеңил атлетика, дартс, арқан тартыў түрлери бойынша шөлкемлестирилди.

Спартакиаданы Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Байбосынова Лизахан Алламбергеновна ашып берди ҳәм жарыс қатнасыўшыларына табыслар тиледи.

Өткерилген Спартакиада жуўмағында улыўма командалық есап бойынша:

2-санлы Нөкис медицина колледжи – I орынды;

Төрткүл медицина колледжи – II орынды;

Хожели Абу Али Ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумы – III орынды ийеледи.

Спартакиада жарысыныӊ 1-,2-,3-орын жеӊимпазлары Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамыныӊ Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси тәрепинен тийисли дәрежедеги кубоклар, медальлар, дипломлар ҳәм баҳалы саўғалары менен, соныӊ менен бирге жарыстыӊ «Ең жасы үлкен қатнасыўшы», “Ең шебер ҳәўескер қатнасыўшы”, “Жеңиске болған интилиўи ушын”, “Ең жасы киши қатнасыўшы” номинациялары жеӊимпазлары диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.