Өзбекстан Исбилерменлик, бизнес ҳәм хызмет көрсетиў шөлкемлери хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети тараў системасындағы жуўапкершилиги шекленген жәмийет түриндеги «AMUDARYOTEX» шет ел карханасында усы жылдың 24-март күни 2019-2022-жыллар ушын кабыл етилген жәмәәтлик шәртнамасы бәнтлериниң 2021-жылда орынланыўы бойынша жыйналыс конференциясы болып өтти.
Конференцияда Өзбекстан Исбилерменлик, бизнес ҳәм хызмет көрсетиў шөлкемлери хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети баслығы Қ.Бекманова, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Карақалпақстан Қеңеси социаллық қорғаў бөлими меңгериўшиси П.Төремуратов, бөлим жетекши қәнийгеси Е.Утепбергенов катнасты.
Конференцияда 2021-жыл жәмәәтлик шәртнамасы ҳәм қосымшаларының орынланыўы бойынша директор орынбасары А.Юсупов, кәсиплик аўқамы комитети баслығы Ф.Кабулов ҳәмде тексериў комиссиясы баслығы М.Аўезовлардың есабатлары тыңланды.
Баянатларда кәрхананың ислеп шығарыў, экономикалық, социаллық тараўлары толық қамрап алынды.
Конференцияда Өзбекстан Исбилерменлик, бизнес ҳәм хызмет көрсетиў шөлкемлери хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети баслығы Қ.Бекманова сөзге шығып, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен 2021-жыл даўамында 7 әҳмийетли жөнелислерде әмелге асырған жумыслар бойынша мағлыўмат берди.
Конференция қатнасыўшылары өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Конференция соңында делегатлар 2021-жылда жәмәәтлик шәртнамасы ҳәм оның қосымшалары орынланыўын қанаатландырарлы деп табылды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: