Президентимиздиң басшылығында бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларға ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сиясий, социаллық-экономикалық турмыстағы белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Мәмлекетимизде гендер теңлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызларды жәмийетимиздиң барлық тараўларында өзлериниң қәбилетин көрсетиўине кең мүмкиншилик ашып бериў, оларды кәсип-өнерге, исбилерменликке үйретиў, социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызларға жәрдем көрсетиў мақсетинде «Ҳаяллар дәптери»н енгизиў, жоқары оқыў орынларында билим алып атырған қызлардың шәртнама төлемлерин төлеп бериў, пидайы, талантлы қызлардың мийнетин ылайықлы баҳалаў сыяқлы бир қатар жумыслардың әмелге асырылып атырғаны аналарымызға, апа-қарындасларымызға, дилбар қызларымызға көрсетилип атырған айрықша итибар және ғамқорлықтың айқын үлгиси болып табылады.
Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды қәдирлеў ҳәмде шаңарақларды беккемлеў, сондай-ақ жас әўладты миллий қәдириятларымызды ҳүрмет етиў руўхында тәрбиялаўдағы ролин ҳәм социаллық белсендилигин асырыў, соның менен бирге барлық тараўларда нәтийжели мийнет етип атырған белсенди ҳаял-қызларды хошаметлеў, үлгили кәсиплик мақтанышы менен бирге өрнек болған мийнет ветеранларын қәдирлеп-қәстерлеў жумысларында кәсиплик аўқамлары да белсене қатнаспақта.
Жәмәәтлик келисимлери ҳәм шәртнамалары арқалы мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында, “Кәсиплик аўқамлары-ҳаял-қызларға” акциясы шеңберинде 5149 ҳаял-қызларға саўғалар тапсырылды, Ғарезсизликтиң 30 жыллығы мүнәсебети менен кәсиплик аўқамлары тәрепинен жумыс орнын жаратыўдың мәнзилли дәстүри тийкарында социаллық қорғаўға мүтәж 26 ҳаял-қызлар ушын жаңа жумыс орынлары жаратылды. Мойнақ, Қоңырат, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларында жеңил конструкциялы “Ҳаяллар гөззаллық салонлары” қурып берилди ҳәм 16 ҳаял-қызлар жумыс пенен тәмийнленди.
Ҳаял-қызлар машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў, оларды материаллық ҳәм рухый жақтан қоллап-қуўатлаўға қаратылған мәнзилли ис-илажлар дәтүри тийкарында жаңадан кәрханалар шөлкемлестириў арқалы жәми 36 жойбар қаржыландырылып 425 ҳаял-қызлар турақлы жумыс пенен тәмийнленди.
Үй шараятында дәрәмат табыў ушын, 228 ҳаял-қызларға печь, 290 тигиў машиналары, 110 ҳаял-қызларға теплицалар қурып берилди нәтийжеде 628 ҳаял-қыздардың үй шараятында бәнтлиги тәмийнленди.
Соның менен бирге, 1852 ҳаял-қызлар санаторийларда саўалландырылды (соннан 292 бийпул), “Өзбекстан бойлап саяхат ет!” ишки туризмди раўажландырыў дәстүри тийкарында Қарақалпақстандағы дыққатқа ылайық орынларға 5 мыңға жақын, Самарқанд, Бухара, Хиуа қалаларына 3 мыңнан зыят ислеўши ҳаял-қызлардың саяхатлары шөлкемлестирилди.
“Ҳаял-қызлар спартакиада”сы шенберинде 762 спорт жарыслары шөлкемлестирилип, оларда 25165 ислеўшилер қатнасты.
2022-жыл 4-март күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тарепинен 8-март Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен «Ҳаял-қызларды қәдирлеў ҳәптелиги» атамасында байрам кешеси болып өтти.
Онда республикамыздың қала ҳәм районларынан келген нураный аналар, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында белсене қатнасып киятырған ҳаял-қызлар, түрли министрлик ҳәм мәкемелердиң ўәкиллери қатнасты.
Илажды Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығының орынбасары, Қарақалпақстан Кеңеси баслығы, сенатор У.А.Жалменов ашып, өз сөзинде Президентимиз Ш.Мирзиёев ҳаял-қызларымыздың саламатлығы жолында ҳәм жәмийетте өз орнын белгилеўинде басламалары илгери сүрилгенлиги соның менен бирге мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ушын көплеген имканиятлар жаратып берилген,олар қайсы тараўда болса да өзлериниң мийнет сүйгишлиги, талапшаңлығы арқасында ерлер менен тең қәдем таслап атырғанлығы ҳаққында айтып өтти. Соның менен бирге ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Ҳаяллар дәптери» жолға қойылып ҳәм бул бағдарда ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсип-өнерге ҳәм исбилерменликке үйретиў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша бағдарында бир қанша илажлар әмелге асырылып жәми 48 477 ҳаял-қызлардың машқалалары шешилгенлиги ҳаққында айтып өтилди.
Байрам кешеси даўамында Ўатанымыздың раўажланыўы жолында жемисли мийнет етип атырған, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында пидәкерлик көрсетип киятырған бир қатар ҳаял-қызларға ҳәм нураный аналарымызға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен “Ҳүрмет жарлығы” ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Илаж даўамында концерт бағдарламасы ҳәммеге көтериңки кейпият бағышлады.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: