“Халық ҳәм армия – бир тән бир жан!” темасында “Мәрипат сааты” өткерилди

14-январь Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелери ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы кеңеси тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги академиялық лицейинде “Халық ҳәм армия – бир тән бир жан!” темасында “Мәрипат сааты” өткерилди.

Илажда Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелери ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы кеңеси баслығы Р.Мадреймов ҳәм Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамы ағзасы Б.Бекмуратовлар қатнасып, Қураллы Күшлерди реформалаў ҳәм раўажландырыўда ерисилип атырған жетискенликлерди, Жаңа Өзбекстанды қурыўда тынышлық ҳәм парахатшылықтың зәрүрлиги соның менен бирге, Өзбекстан армиясының күш-қудырети, заманагөй потенциаллери ҳаққында сөз журитди.