11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнин белгилеў шеңберинде жарияланған “Кәсиплик аўқамлары ҳәптелиги” мүнәсибети менен 9-ноябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде профессор-оқытыўшылар, нуранийлар, оқыўшылар ҳәм кәсиплик аўқамлары белсендилери қатнасында илимий-әмелий семинар болып өтти. Семинарды университеттиң руўхый-ағартыўшылық ҳәм жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректор – С.Алауатдинов басқарып барды. Семинарда социаллық пәнлер кафедрасы профессоры, философия пәнлери докторы, университет ветераны М.Якубов кәсиплик аўқамларының тийкарғы жумыслары, бүгинги күндеги орны, мәмлекетимиз турмысындағы алып барылып атырған жумыслар, университет кәсиплик аўқамларының жумыслары ҳаққында айтып өтти.
Семинарда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығының орынбасары М.Данияров, Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Р.Абдурахманов, университеттиң нуранийлар кеңеси баслығы Б.Абдикамалов, билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамлары Нөкис қалалық бөлимшеси кеңеси баслығы З.Есенбаевлар сөзге шығып, 11-ноябрь Кәсиплик аўқамлары күни байрамының әҳмийетлилиги ҳаққында айтып өтти. Әмелий семинар соңында кәсиплик аўқамлары белсендилери «Ҳүрмет жарлық»лар ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: