11-ноябрь — Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстан — жаңа кәсиплик аўқамлары» ураны астында жас мийнеткешлер арасында «Заковат» интеллектуаллық ойыны шөлкемлестирилди. Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген илаж Нөкис қаласындағы Жаслар орайында болып өтти. Онда кәрхана ҳәм шөлкемлерде мийнет етип атырған жаслардан ибарат 10 топар қатнасты.
Қызғын кешкен жарыста қатнасыўшылар өзлериниң билим ҳәм қәбилети, логикалық пикирлеўи, тапқырлығы ҳәм де жәмәәтлик бирге ислесиў көнликпелерин көрсетти. Усы интеллектуаллық илаж жас мийнеткешлердиң билим алыўға болған қызығыўшылығын асырыў, интеллектуаллық потенциалын раўажландырыў, бос ўақытын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм түрли тараў ўәкиллери арасында достана ҳәм де аўызбиршилик орталығын беккемлеўге хызмет етти.
«Жаңа Өзбекстан — жаңа кәсиплик аўқамлары» ураны тийкарында исленген бундай илажлар жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың социаллық активлигин асырыў, соның менен бирге, кәсиплик аўқамлары өмириндеги белсендилигин хошаметлеўге қаратылған.






Spelling error report
The following text will be sent to our editors: