Жаслар арасында саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў, олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм де киберспортқа болған қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен киберспорт жарысы шөлкемлестирилди.
Беллесиўде түрли тараўларда жумыс алып барып атырған жас мийнеткешлерден ибарат 8 топар өз-ара жарысып, өзлериниң көнликпелери, оператив пикирлеў ҳәм жәмәәтлик ҳәрекет қылыў қәбилетлерин көрсетти.
Қызғын кешкен беллесиў жуўмағына көре, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы ашық акционерлик жәмийети хызметкерлеринен ибарат топар жеңимпазлықты қолға киргизди.
Жарыс жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери мүнәсип сыйлықланды.
Атап өтиў керек, кәсиплик аўқамлары тәрепинен бундай спорт илажларының шөлкемлестирилиўи жас мийнеткешлердиң қәбилет ҳәм потенциалын әмелге асырыў, олар арасында дослық орталықғын беккемлеў ҳәм де заманагөй спорт түрлерин ғалабаластырыўда зәрүрли әҳмийетке ийе.







Spelling error report
The following text will be sent to our editors: