“Жас китапқумар” таңлаўы жеңимпазлары сыйлықланды

11-ноябрь “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни” мүнәсибети менен Өзбекстан кәсиплик аўкамлары Федерациясы Атқарыў Комитети ҳәм Өзбекстан Халық билимлендириў министрлигиниң 2022-жыл 19-октябрь күни қоспа қарары тийкарында улыўма орта билим бериў мектеплери 9-10-11-класс оқыўшылары арасында “Жас китапқумар” таңлаўы Нөкис қаласындағы барлық 51 улыўма орта билим бериў мектеплеринде өткерилди.

“Жас китапқумар” таңлаўы жеңимпазларына 11-ноябрь күни қаладағы 27-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеңеси тәрепинен диплом ҳəм естелик саўғалары тапсырылды.