Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 13-ноябрьдеги «Орайлық Азия жаңа дәўир босағасында» атамасындағы мақаласының басып шығарылыўы регионның сиясий, экономикалық ҳәм гуманитарлық раўажланыўында жаңа басқышты баслап берди.
Усы әҳмиетли ҳүжжетте алға қойылған идеялардың мазмун-мәнисин хызметкерлерге жеткериў мақсетинде усы жылдың 4-декабрь куни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен “Мәрипат сааты” өткерилди.
Илажға барлық кәсиплик аўқамы хызметкерлери, белсендилер ҳәмде Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшылары қатнасты.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы Улығбек Жалменов ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Философия илимлер бойынша Философии докторы Оразбаев Арслан, Юридика илимлер кандидаты, доцент Кабулов Хожабайлар тәрепинен қатнасыўшыларға мақаланың тийкарғы идеясы ҳәм мазмун-мәниси ҳәмде барлық мийнет жәмәәтлеринде усы мақаланың мазмун-мәнисин хызметкерлерге жеткериў, соның менен бирге, Мәмлекетимиз ғәрезсизлиги, халқымыздың тыныш-пәраўан турмысы, пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплериниң беккем кепили болған Өзбекстан Республикасы Конституциясын тийкарғы нызамымызда белгиленген халық хәкимшилиги, инсан қәдири, еркинлик ҳәм теңлик, турмысымыздағы орны ҳәм әҳмийети ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.









Spelling error report
The following text will be sent to our editors: