Тил – миллетти миллет сыпатында сақлап қалыўшы ең тийкарғы факторлардан бири есапланады. Тил арқалы халық өз руўхый дүньясын, ой-пикирин, тарийхын ҳәм мәдениятын көрсетеди. Соның ушын, ҳәр бир инсан өз ана тилин жақсы билиўи, оған ҳүрмет пенен қараўы, оны қәдирлеўи зәрүр.
Елимизде тил мәселесине, әсиресе, өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы статусына үлкен итибар қаратылмақта. Уллы ойшыл Алихонтўра Соғуний өз шығармаларында атап өткениндей: «Адам өзлигин умытпаўы ушын үш нәрсени қолдан жибермеўи керек: Ўатанын, динин ҳәм тилин.» Бул пикир бүгинги күнде де өз әҳмиетин жоғалтпаған.
1989-жыл 21-октябрьде өзбек тилине мәмлекетлик тил статусы берилген. Бул сәне тек ғана елимиз тарийхында емес, ал ҳәр бир пуқараның турмысында үлкен әҳмиетке ийе.
Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесинде «Тил – миллеттиң мақтанышы» атамасында Мәрипат сааты шөлкемлестирилди. Илажда Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими хызметкери Гүлбәҳәр Садықова, Қарақалпақстан халық шайыры Абилқасым Өтепбергенов ҳәм кәсиплик аўқамы белсендилери қатнасты.
Илажда сөзге шыққанлар тилдиң инсан қәлбинде, миллий өзликти қәлиплестириўдеги рольи ҳаққында пикир билдирди. Тил тек ғана байланыс қуралы емес, ал халықтың тарийхы, бүгини ҳәм келешеги, мәденияты ҳәм руўхыйлығын өз ишине алған бай руўхыйлық мийрас екени атап өтилди.
– Мағлыўматларға қарағанда, дүньяда 7000 ға шамалас тил бар болса да, тек ғана 200 ге шамалас тиллер ғана мәмлекетлик тил статусына ийе. Олардың қатарында өзбек тилиниң де бар екенлиги – оның уллылығын, сөзге байлығын ҳәм дүнья жәмиетшилигинде мүнәсип орынға ийе екенлигин көрсетеди, – дейди Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлиминиң хызметкери Гулбахор Садикова.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан халық шайыры Абылқасым Өтепбергенов турмыслық ўақыяларды айтып бериў менен бирге, туўысқан халық тиллериндеги қосықлары менен илажды және де байытты.
Мәрипат сааты қызғын сөйлесиў тәризинде өтти. Қатнасыўшылар тәрепинен мәмлекетлик тилдиң бүгинги жағдайы, оны раўажландырыў, тил мәдениятын арттырыў мәселелери бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: