2025-жыл 3-февраль күни Нөкис қаласы 1-санлы улыўма билим бериў мектебинде 2023-2025 жылларға қабыл етилген жәмәәтлик шәртнамасының 2024-жылда орынланыўы ҳәмде 2025-жыл ушын жәмәәтлик шәртнама бәнтлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳәмде есабат-сайлаўы жыйналысы болып өтти. Жыйналысқа Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңесиниң бас есапшысы А.Асадов, Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Р.Абдурахманов ҳәм Нөкис қалалық бөлимшеси баслығы М.Даулбаевлар қатнасты. Жыйналыста мектеп администрациясы ҳәм кәсиплик аўқамы арасында дүзилген жәмәәтлик шәртнамасы бәнтлериниң орынланыўы бойынша ҳәр еки тәрептиң есабатлары тыңланды. Жыйналыста жәмәәтлик шәртнамасы бәнтлериниң 2024-жылда орынланыўы қанаатландырарлы деп қарар қабылланды.
Соннан кейин мектеп кәсиплик аўқам комитетининң есабат-сайлаў бойынша күн тәртибиндеги 2020-жыл февраль айынан 2025-жыл февраль шереги аралығында орынланған жумыслар бойынша жумыс кәсиплик аўқамы комитети есабатлары тыңланды ҳәм есабат дәўиринде кәсиплик аўқамы шөлкеминиң ерискен нәтийжелери, усының менен бир қатарда искерликти шөлкемлестириўде әмелдеги мәселелер ҳәм де жол қойылған кемшиликлер терең анализ етилди, алдағы жумысларда үстин туратуғын бағдарлары белгилеп алынды. Соның менен бирге жыйналыста басланғыш кәсиплик аўқамы басланғыш шөлкем баслығын ҳәм комитети қурамы сайлаў мәселеси көрип шығылды.
Күн тәртибиндеги мәселелер көрип шығылғаннан кейин жыйналыс қатнасыўшылары арасында кәсиплик аўқамлары искерлигине тийисли мәселелер бойынша қызғын тартыслар болып өтти, хызметкерлерди қызықтырған сораўларға ис бериўши ҳәм кәсиплик аўқамы активлери тәрепинен жуўаплар берилди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: