11-октябрь күни Дүнья жүзилик “Мүнәсип мийнет күни”не бағышланып Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясыныӊ Қарақалпақстан Кеңеси мәжилислер залында министрликлер, басқармалар, комитетлер, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ўәкиллери ҳәм кәсиплик аўқамы белсендилери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында Дөңгелек стол сәўбети болып өтти.
Дөгерек сәўбетинде “Мүнәсип мийнет – мүнәсип турмыс тийкары”, “Жумыс бериўшилердиң социаллық жуўапкершилигин асырыў факторлары”, “Жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықты жумыс пенен тәмийинлеўде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында”, “Кәрхана, мәкеме ҳәмде шөлкемлерде өндирис пенен байланыслы бахытсыз ҳәдийселердиӊ алдын алыў ҳаққында”, “2024-жылғы пахта жыйын-терими мәўсиминде теримшилер ушын шәрт шараятлар жаратыў, мәўсим даўамында балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнеттен пайдаланбаў бойынша миллий маниторинг топары тәрепинен алып барылып атырған жумыслар ҳаққында” баянатлар тыңланды.
Шығып сөйлеўшилер өз сөзлеринде мүнәсип мийнет түсиниги адамларға мүнәсип турмыс кешириўлери ушын берилетуғын мүмкиншилик екенлигин, өзине бәнтлик, ҳуқық, қорғаў ҳәм сәўбет ҳаққындағы тийкарғы төрт бағдарды қамтыйтуғынлығын, мүнәсип мийнет түсиниги арқалы хызметкерлердиң социаллық қорғалыў көлемин кеңейтириў, мәмлекетлик органлар, жумыс бериўшилер ҳәм хызметкерлер арасындағы мүнәсибетлер, социаллық-экономикалық мәселелерди шешиўдеги социаллық сөйлесиўлер алып барыў көзде тутылатуғынлығын, сосндай-ақ мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип мийнет тенденцияларының толық тәмийинлениўине айрықша итибар қаратылып, мийнет адамларының социаллық қорғалыўын күшейтиўде системалы жумыслардың алып барылып атырғанлығын, атап айтқанда Өзбекистан Республикасы тәрепинен Халықаралық Мийнет Шөлкеминиң 24 Конвенциясы ҳәм 1 протоколы ратификация етилип, олардың орынланыўын тәмийинлеўде комплекс ис-илажлар избе-из әмелге асырылып, мәмлекетимизде мийнет, бәнтлик ҳәм халықтың социаллық қорғалыўы саласындағы зәрүр нызамшылық базасының жаратылғанлығы ҳәм оның удайы түрде жетилистирилип барылыўын атап өтти.
Дөгерек сәўбети даўамында өз-ара сораў-жуўаплар, пикир алысыўлар болып өтти. Сондай-ақ Дөгерек сәўбети қатнасыўышлар өзлери қызықтырған сораўларға баянатшылар тәрепинен толық жуўаплар алды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: