ЗЫЯН ТӨЛЕМ ПУЛЛАРЫ ӨНДИРИЛИП БЕРИЛДИ

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Фердерациясының мийнет техник инспекциясы тәрепинен жәмаатшилик кадағалаў нәтийждесинде Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районлық медицина бирлеспесинде – У. Қосекеева санитарка лаўазымында ислеп жүрип, 2013-жылы жумыс ўақтында бахытсыз ҳәдийсеге ушыраў ақыбетинде набыт болған. У.Қосекееваның қарамағында қалған 2008-жыл туўылған перзенти У.Базарбаеваға төлениўи тийис болған табан пуллары усы күнге шекем есаплап төлеп берилмегенглиги анықланды.  

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 11-февралдағы 60-санлы қарары «Хызметкерлерге олардың мийнет ўазыйпаларын орынлаў менен байланыслы ҳалда жарақатланыўы, кәсип кеселликлерине ушыраўы ямаса саламатлықтың басқа түр зыянланыўы себепли келтирилген зыянды төлеў ҳаққында» ғы қағыйдасының IV-бөлим 26-бәнтинде Хызметкер мийнет жарақатына байланыслы ҳалда қайтыс болған жағдайда, жумыс бериўши марҳумның қарамағында болған мийнетке уқыпсыз, сондай-ақ он алты жасқа толмаған шахсларға ямаса марҳум қайтыс болған күнге шекем оннан напақа алыў ҳуқықына ийе болған шахсларға, марҳумның қайтыс болыўынан соң туўылған перзентине, сондай-ақ ата-аналарынан биреўине, өмирлик жолдасына ямаса шаңарағының ислемейтуғын ҳәм қайтыс болғанның 3 жасқа толмаған балалары, үкелери, сиңлилери ямаса ақлықлары бағыў менен бәнт болған басқа ағзасына, 16 ҳәм оннан үлкен жастағы оқыўшылар оқыў орынларының күндизги бөлимлеринде оқыўды тамамлағанына шекем, бирақ көби менен 18 жасқа шекем зыян төлемин алыў ҳуқықына ийе деп көрсетилген.

Кәсиплик аўқамлары мийнет техник-инспекторы тәрепинен У.Базарбаевага төлениўи тийис болған 17 134 346 сум табан пуллары Қараөзек районлық медицина бирлеспеси есабынан төлеп бергизилиўине ерисилди ҳәмде пуқара У.Базарбаева мийнет инспекциясына өз миннетдаршылығын билдирди.