Алишер Наўайи туўылған күни кең түрде белгиленди

Уллы шайыр ҳәм ойшыл, атақлы мәмлекет ҳәм жәмийет әрбабы Алишер Наўайының бийбаҳа илимий-дөретиўшилик мийрасы халқымыз, қалаберсе жәҳән әдебияти миллий мәдениятымыз ҳәм әдебий-эстетик ойымыз раўажланыўында айрықша орын ийелейди.

Сәне мүнәсебети менен Өзбекстан исбилерменлик бизнес ҳәм хызмет көрсетиў тараўлары хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикаси бирлескен комитети тармағындағы Төрткүл районы 1-санлы кәсип-өнер мектебинде мәдений кеше өткерилди.

Онда сөзге шыққанлар жасларға шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында кең түрде тусиниклер берди. Мәдений кеше талантлы жаслар тәрепинен шайыр дөретиўшилигинен үзиндилер ҳәм саҳналық көринислер менен даўан етти.