Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерацияси Қарақалпақстан Кеңесинде Өзбекстан транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлери кәсиплик аўқамының кеңейтирилген жыйналысы болып өтти. Усы жыйналыста Қарақалпақстан Республикасы қурылыс министрлиги ҳәм транспорт, капитал қурылыс, жол хожалығы кәрханалары ҳәм шөлкемлери басшылары, Өзбекстан транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс индустриясы Республика кеңеси баслығы орынбасары Бахадыр Султанов, усы кеңестиң социал қорғаў мәселелери бойынша бас қәнигеси Шаҳиста Чариева, бас есапшы Шавкат Садыков, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясиниң Қарақалпақстан кеңеси баслығы орынбасары Муратбай Данияров ҳәм Транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы Қарақалпақстан Республикасы баслығы Гүлмира Палўаниязовалар қатнасты.
Жыйналыс барысында Өзбекстан транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс индустриясы Республика кеңеси баслығы орынбасары Бахадыр Султанов сөзге шығып, кәсиплик аўқам тәрепинен усы тараўда 2023-жылда әмелге асырылған жумысларға тоқталды ҳәм социаллық қорғаў, мийнет кодексине киритилген өзгерислер ҳаққында толық мағлыўматлар берди.
Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм районларындағы транспорт, жол, қурылыс индустриясы тараўларында искерлик жүргизип атырған шөлкемлер хызметкерлериниң, соның менен бирге экономиканың мәмлекетлик емес секторындағы тазадан шөлкемлестирилген хожалық жүргизиўши субъектлерде ислейтуғынлардың социал-экономикалық мәплерин ҳәм ҳуқықларын қорғаўды және де күшейтиў мақсетинде бул хожалық жүргизиўши субъектлерде кәсиплик аўқам шөлкемлерин дүзиў бойынша кәсиплик аўқамларына әмелий жәрдем бериўи көрсетип өтилди.
Жыйналыстың екинши ярымында Транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы Қарақалпақстан Республикасы кеңеси басланғыш шөлкемлер кәсиплик аўқам баслықлары, соның менен бирге, тараўға тийисли хызметкерлер қатнасыўындағы жыйналыс жоқарыда көрсетилген темаға бағышланды ҳәм кеңес хызметкерлери Ш.Чариева, Ш.Садыковлар мийнет дем алысы, ағзалық абзаллықлары жөнинде сөз етти.
Атап айтқанда, өткен 2023-жылда кәсиплик аўқам белсендилери халық ишине кирип барды ҳәм олардың социаллық жағдайын үйренип, жәмийетшилик қадағалаўын алып барды. Атап өтиў керек, қурылыс объектлери, жол транспорт саласында ушырасып атырған мәселелерге шешим табыўда кәсиплик аўқамының тутқан орны гиреўли.
Жыйналыс соңында қатнасыўшылар социаллық қорғаў, жәмәәтлик шәртнамасы ҳәм напақа мәселесинде өзлери қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: