Өзбекстан кәсиплик аўқамларының 120 жыллығы мүнәсебети 21-март Наўрыз байрамына бағышлап Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси тәрепинен усы жылдың 25-март күни спорттың волейбол түринен жарыс өткерилди.
Өткерилген спорт жарысында Нөкис қаласындағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде ислеп атырған ер баллардан ибарат командалар қатнасты.
Жарыс улыўма орта билим бериў мектеплериндеги хызметкерлердиң физикалық таярлықларын асырыў, спортқа болған қызығыўшылығын және де беккемлеў ҳәм саламат турмыс тәризине өтиўди хошаметлеў мақсетинде өткизилди. Жарыс қатнасыўшылары өз уқыплары ҳәм спортқа болған қызығыўшылығын көрсетти.
Илаж жуўмағында жеңимпазлар анықланди:
31-санлы улыўма орта билим бериў мектеби жәмәәти 1-орынды;
28-санлы улыўма орта билим бериў мектеби жәмәәти 2-орынды;
52-санлы улыўма орта билим бериў мектеби жәмәәти 3-орынды;
27-санлы улыўма орта билим бериў мектеби жәмәәти 4-орынды ийеледи.
Жарыс жеңимпазларына Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси тәрепинен дипломлар ҳәм қымбат баҳалы сыйлықлар тапсырылды.
Сол арқалы улыўма орта билим бериў мектеплеринде ислеўши хызметкерлердиң спортқа болған қызығыўшылығын және де асырып, олардың жәмәәтлик жумысларын беккемлеўге хызмет етеди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: