Мәденият ҳәм спорт тараўы хызметкерлериниң мийнет ҳуқықлары дыққат орайында

Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети тәрепинен басланғыш кәсиплик аўқамы комитетиниң баслықлары, белсендилери ҳәм жумыс бериўшилердиң ўәкиллери қатнасыўында «Мәденият, спорт ҳәм туризм тараўында социаллық шериклик: хызметкерлердиң мийнет ҳуқықларын тәмийинлеўде бирге ислесиў» атамасында оқыў-семинары шөлкемлестирилди.

Семинарға Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңесиниң шөлкемлестириў ислери бойынша бас қәнигеси Арипов Жамшид, Республикалық Кеңестиң бас юрисконсульти Гайназаров Орифжон қатнасты.

Семинардың тийкарғы мақсети – жаңаланған Мийнет кодекси шеңберинде тараў хызметкерлериниң социаллық-экономикалық ҳәм ҳуқықый мәплерин тәмийинлеў, жумыс бериўшилер ҳәм кәсиплик аўқамлары арасындағы социаллық шерикликти жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм мийнетти қорғаўды күшейтиўден ибарат.

Семинарда атап өтилгениндей, мәденият, спорт ҳәм туризм мәкемелери хызметкерлериниң мийнет шараятлары өзине тән өзгешеликлерге ийе. Әсиресе, жумыс ўақтынан тысқары ҳәм дем алыс күнлериндеги мийнетке дурыс ҳақы төлеў, ишки мийнет тәртибин нызамлы тийкарда шөлкемлестириў ҳәм жумыс орынларында қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етилиўи бүгинги күнниң ең әҳмийетли мәселелери болып есапланады.

Илаж даўамында қатнасыўшылар жумыс бериўшилер ҳәм кәсиплик аўқамлары баслықларының системалы сөйлесиўи мийнет келиспеўшиликлериниң алдын алыў ҳәм мәкемелерде саламат руўхый-ағартыўшылық орталықты қәлиплестириўдиң тийкарғы факторы екени атап өтилди.

«Кәсиплик аўқамлары ҳәм жумыс бериўшилер бир-бирине қарсылас емес, ал улыўма мақсет жолында ҳәрекет ететуғын шериклер болып есапланады. Хызметкер ушын қәўипсиз, қолайлы ҳәм мүнәсип мийнет ҳақы төленетуғын жумыс орны жаратылған жағдайда ғана жумыс нәтийжелилиги ҳәм жетискенликлери жоқары болады. Бизиң тийкарғы ўазыйпамыз – мине усы тең салмақлылықты нызам үстинлиги тийкарында услап турыў болып есапланады,» – деп атап өтти кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңесиниң бас қәнигеси Ж.Арипов.

Семинарда ҳуқықый ҳәм әмелий мәселелер бойынша қызғын пикир-таласлар өткерилди. Атап айтқанда, жаңа хызметкерлерди сынақ мүддети дәўиринде хошаметлеў, интизамый жазаларды мүддетинен алдын алып таслаў тәртиби ҳәм Материаллық хошаметлеў қоры (МХҚ) қаржыларын әдил бөлистириў бойынша қәнигелер тәрепинен анық ҳуқықый түсиниклер берилди.