Қарақалпақстан Республикасында питкериўши студент-жаслардың мийнет ҳуқықый саўатлылығын асырыў, оларды социал-экономикалық қоллап-қуўатлаў механизмлери менен таныстырыў ҳәм де кәсиплик аўқамларының орны ҳәм әҳмийетин кең үгит нәсиятлаў мақсетинде жоқары окыў орынларында үгит-нәсиятлаў ушырасыўлары шөлкемлестирилмекте. Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси басламасы менен өткерилип атырған усы ушырасыўлар “Жаслар келешеги – мүнәсип мийнеттен басланады!” ураны астында шөлкемлестирилип, Қарақалпақстандағы жоқары окыў орынлары питкериўши студентлерин қамтып алады.
Усындай ушырасыў 2026-жыл 1-май сәнесинде, Нөкис қаласындағы, Самарқанд мәмлекет ветеринария, медицина, фармацевтика ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында шөлкемлестирилди.
Илаж шеңберинде жаслар менен:
- мийнет ҳуқықлары ҳәмде социаллық кепилликлер;
- биринши жумыс орнындағы ҳуқық ҳәм мүмкиншиликлер;
- нарасмий бәнтликтиң рислери;
- жас қәнигелерди қоллап-қуўатлаў механизмлери;
- кәсиплик аўқамларының қорғаў ҳәм мәпдарлық ўазыйпалары;
- мунәсиб мийнет принциплеры ҳәм бәнтлик мәселелери туралы ашық сәўбетлер өткерилди.
Бул баслама жаслардың мийнет базарына табыслы кирип барыўы, ҳуқықый билимди беккемлеўи ҳәм мүнәсип мийнет принциплеры тийкарында искерлигин баслаўына, соның менен бирге жаслар ҳәм кәсиплик аўқамлары арасында жемисли байланыс майданы болып хызмет етеди.








Spelling error report
The following text will be sent to our editors: