2025-жылдың 07-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы аймақлық балалар медицина реабилитация орайында Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы кеңесиниң биргеликтеги «Медицина хызметкерлери күни» байрамы мүнәсибети менен салтанатлы кешеси болып өтти.
Байрам илажында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша секретариат баслығы Б.Калимбетов, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси баслығы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри М.Курбанов, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы кеңеси баслығы Л.Байбосынова, Өзбекстан шыпакерлер Ассоциациясы Қарақалпақстан бөлими баслығы С.Бегалиев, медицина хызметкерлери ҳәм тараў нураныйлары қатнасты.
Салтанатлы кешеде медицина тараўындағы көп жыллық жемисли мийнетлери ушын 6 хызметкер Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў ағласы, 2 хызметкер “Халық саламатлығы қорықшысы” көкирек нышаны, 30 хызметкер Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
Байрам илажында медицина тараўында көп жыллық пидайы мийнетлери ушын 7 медицина тараўы хызметкерлерине Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалары, сондай-ақ, хызметкерлердиң социаллық-экономикалық ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, оларға мүнәсип мийнет шараятларының жаратылып берилиўин қадағалаўдағы нәтийжели мийнетлери ушын ҳәм де мәмлекетимизде кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығы ҳәм 11 ноябр- “Кәсиплик аўқамлары күни” байрамы мүнәсибети менен 5 кәсиплик аўқамы белсендиси Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңесиниң Алғыснамасы ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.
Буннан тысқары, тараўда жемисли мийнет етип атырған 52 медицина хызметкерине Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы кеңесиниң биргеликтеги Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалары тапсырылды.
Байрам илажында Өзбекстан шыпакерлер Ассоциациясы Қарақалпақстан бөлими тәрепиненде медицина тараўының бир қатар нураныйлары баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.








Spelling error report
The following text will be sent to our editors: