«Ақ кеме» балалар дем алыс орайында аймақлық семинар шөлкемлестирилди

ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақлпақстан Кеңеси тәрепинен Мойнақ районындағы “Ақ кеме” балалар дем алыс орайында “2022-жыл жаз мәўсимин шөлкемлестириў ҳәмде оны жоқары дәрежеде өткериў бойынша” аймақлық семинар өткерилди.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Муўапықластырыўшы топар баслығының орынбасары, ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы, сенатор У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары А.Данияров, ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы ўәкили, ϴзбекстан транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлери кәсиплик аўқамлары Республикалық кеңеси баслығының орынбасары Б.Султанов, Мойнақ районы ҳәкими Б.Менглибаев, қала ҳәм район ҳәкимлер орынбасарлары, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў, Ден саўлықты сақлаў, Мәденият, Спортты раўжландырыў министрликлери, Айрықша жағдайлар басқармасы жуўапкер хызметкерлери, республикамыздағы барлық балалар дем алыс орайларының баслықлары, тәрбияшылары, жетекшилер ҳәм аспазлары, улыўма билим бериў мектеплеринде шөлкемлестирилетуғын “Саўаландырыў майданшылары”н искерлигин шөлкемлестириў бойынша қала ҳәм районлық халық билимлендириў бөлимлериниң жуўапкер хызметкерлери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Муўапықластырыўшы топар баслығының орынбасары, ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы, сенатор У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары А.Данияров, ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы ўәкили, ϴзбекстан транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлери кәсиплик аўқамлары Республикалық кеңеси баслығының орынбасары Б.Султановлар күн тәртибиндеги мәселелерди әмелге асырылатуғын ўазыйпалары бойынша түсиниклер берди.

Сондай-ақ, семинарда жазғы мәўсимди талаплар дәрежесинде ҳәр тәреплеме пуқта таярланған режелер тийкарында Халық билимлендириў, Ишки ислер, Денсаўлықты сақлаў, Маденият ҳәм Спортты раўажландырыў министрликлери хызметкерлериниң баянламалары тыңланды.

Балалардың усы жыл жазғы саўаландырыў мәўсимди қызықлы ҳәм мазмунлы өткериў бойынша анық ис-илажлар белгиленип алынды.

Илаж жуўмағында семинар қатнасыўшылары «Ақ кеме” орайында 2022-жыл жазғы саўаландырыў мәўсимге таярлық жумыслары менен жақыннан танысты.