Соңғы жылларда Өзбекистан кәсиплик аўқамлары тарепинен жаслар машқалаларын үйрениў, олардың ҳуқықый саўатханлығын асырыў ҳәм саламат турмыс тәризин үгит нәсият жумысларын алып барыў бойынша кең көлемли ислер әмелге асырылмақта. Бул жөнелисте жаслар менен ушырасыўлар ҳәм сәўбетлер айрықша әҳмийтеке ийе.
2025-жыл 29-октябрь күни Нөкис қаласында, Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы мәжилислер залында Өзбекстан кәсиплик аўқамы Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Улыкбек Жалменов жаслар менен ушырасыў өткерди. Иләжде сондай-ақ Өзбекстан кәсиплик аўқамы Федерациясы баслығы орынбасары, Мийнет инспекциясы баслығы Қобилжон Қирғизалиев қатнасып, елимизде жасларға жаратылып берилип атырған имканиятлар ҳаққында кең сөз жүритти.
Ушырасыўда жасларға кәсиплик аўқамлары системасын жеделлестириў, мәмлекетте демократик принциплерди раўажландырыў, пуқаралардың ҳуқықый саўатханлығын ҳәм социяллық белсендилигин асырыў барысында алып барылып атырылған жумыслар ҳаққында кеңирек мағлыўматлар берилди. Бул өз нәўбетинде жасларды жәмәәтшилик ҳәм мийнет белсендилигине болған қызығыўшылығын жәнеде күшейттирди.
Иләж шеңберинде тәлим алыў менен бирге, жәмәәтшилик жумысларға мүнәсип үлес қосып киятырған, ҳәр тәреплеме үлгили ҳәмде қәбилетли, сондай-ақ, кем тәмийинленген шаңарақлардан болған ҳәм физикалык имканияты шекленген студентлер кәсиплик аўқамлары стипендиясы ҳәм санаторийға бийпул жолламалар менен хошаметленди, бир неше жас мийнеткешлерге “Ҳүрмет жарлық”лары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.








Spelling error report
The following text will be sent to our editors: