Байрам мүнәсибети менен спорт жарыслары өткерилди

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы ҳәм 1-октябрь “Муғаллимлер ҳәм устазлар күни” байрамы мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде ислеўши хызметкерлер арасында спорттың Бадминтон түринен спорт жарысы усы жылдың 20-сентябрь күн Нөкис қаласындағы “Бадминтон” спорт базасында өткизилди.

Қызғын тартыс ҳәм өзара келисимсиз гүреслер астында өткен жарыс хызметкерлердиң спортқа болған қызығыўшылығын жәнеде арттырып, олардың жениске болған тилегин беккемледи. Барлық қатнасыўшылар жарыста жеңимпаз болыў ушын жуўапкершилик пенен ҳәрекет етти.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлықты қолға киргизген ҳәял-қызларға Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.