Мәртлер майданда сыналды

14-январь – Өзбекстан Республикасы Ўатан қорғаўшылары күни байрамы мүнәсибети менен орынларда саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлайтуғын ғалабалық спорт илажларына айрықша итибар қаратылмақта.

Мине усындай илажлардан бири Нөкис қаласында болып өтти. Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшесиниң басламасы менен усы жылдың 14-январь күни Нөкис қаласындағы 32-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң спорт базасында спорттың Армрестлинг, Тас көтериў, Арқан тартыў түрлеринен спорт жарысы шөлкемлестирилди.

Бул жарыста қалалық бөлимше қурамындағы улыўма билим бериў мәкемелеринде мийнет етип атырған хызметкерлер өз-ара күш сынасты.

Қызғын бәсеки ҳәм өз-ара маўасасыз гүреслер астында өткен беллесиўлер хызметкерлердиң спортқа болған қызығыўшылығын және де арттырып, олардың жеңиске болған умтылысы ҳәм жәмәәтлик руўхын беккемледи. Барлық қатнасыўшылар өзиниң жеңиси ушын жуўапкершилик пенен, аўызбиршиликли ҳәм шөлкемлескен ҳалда ҳәрекет етти.

Жарыс соңында жеңимпазлықты қолға киргизген қатнасыўшылар ҳәм командалар Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлиминиң кеңеси тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Бул илаж тек ғана байрам саўғасы емес, ал хызметкерлердиң саламатлығын беккемлеў жолындағы әҳмийетли қәдем болды.