1997-жылдан баслап Халықаралық Мийнет Шөлкеми тәрепинен 12-июнь күни “Пүткил дүнья жүзилик балалар мийнетине қарсы гүресиў күни” деп жәрияланған.
Усы сәне мүнәсибети менен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен Нөкис қаласында жайласқан «Туран” ҳәм дем алыў орайында “Раўажланыў анық, бирақ исленетуғын жумысларымыз көп: келиң, ис-ҳәрекетлеримизди тезлестирейик!” сүрени астында илаж өткерилип, бунда дем алыўшы балалар менен Кеңестиң Мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәплерин қорғаў бөлими меңгериўшиси П.Торемуратов, жетекши қәнигеси Е.Утепбергенов, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Дене тәрбия ҳәм спорт басқармасы Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси С.Шарипов, Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси баслығы М.Даулбаев, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасының спорттың белбеўли гурес түри бойынша чемпионлары А.Жолдасбаева, К.Шеримбетова ҳәм басқалар қатнасты.
Илажда Кеңестиң мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәплерин қорғаў бөлими қәнигелери тәрепинен 12 – июнь – «Пүткил дүнья жүзилик балалар мийнетине қарсы гүресиў күни» ҳаққында кең түрде айтып өтип, мәжбүрий мийнет соның ишинде балалар мийнетине жол қоймаўда алып барылған жумыслар тийкарында бир қатар унамлы нәтийжеликлерге ерисилгенлигин, соның ишинде балалар мийнети тоқтатылғанлығын айрықша атап өтти.
Буннан соң, А.Жолдасбаев, К.Шеримбетовалар өзлериниң усы табысларына ерисиўинде мәмлекетимизде бәрше шараятлардың жаратылғанлығын, буннан жасларымыз дурыс пайдалана билиўи, биринши гезекте жақсы оқыўы, удайы түрде спорт пенен шуғылланыўы, бос ўақытларын дурыс шөлкемлестириўи кереклигин ҳәм бул бағдардағы жумысларда ата-аналар кең жәмийетшилик пенен биргеликте жумыс алып барыў зәрүрлигин айтып өтти.
12-июнь – “Пүткил дүнья жүзилик балалар мийнетине қарсы гүресиў күни”не бағышланып балалар арасында сүўрет салыў таңлаўлары, спорттың шашка, стол тенниси түрлеринен жарыслар өткерилип жеңимпазларға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен балаларға Халық аралық мийнет шөлкеми ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының логатиплери тусирилген футболка, кепка ҳәм диплом, қимбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
“Раўажланыў анық, бирақ исленетуғын жумысларымыз көп: келиң, ис-ҳәрекетлеримизди тезлестирейик!” сүрени астында илажлар ҳәм Елликқальа районындағы “Арал балалары”, Төрткүл районындағы «Оқ кабутар», Тақыятас районындағы “Айдын жол”, Мойнақ районындағы “Ақ кеме”, Нөкис қаласындағы “Арал” балалар дем алыў орайларында өткерилди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: