Кәсиплик аўқамлары тәрепинен “Ашық есиклер күни” ҳәм “Көшпели қабыллаў” илажы шөлкемлестирилди

Бүгинги күнде кәсиплик аўқамларының мәмлекетимиздиң социаллық-сиясий турмысындағы орны артып бармақта. Олар мийнеткеш пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин исенимли тәмийинлеў, мийнет жәмәәти ағзаларын социаллық-экономикалық жақтан қоллап-қуўатлаўда белсендилик көрсетпекте.

Әйне сол мақсетте Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен мийнеткешлердиң мүрәжатларын тыңлап, орнында сапластырыў, Федерацияға келип түсип атырған мүрәжатлардың қайта-қайта тәкирарланыўының алдын алыў ҳәмде Жаңа Өзбекстаның жаңа кәсиплик аўқамларында алып барылып атырған реформалар менен илаж қатнасыўшыларын хабардар етиў мақсетинде усы жылдың 5-февраль күни Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университети мәжилислер залында “Ашық есиклер күни” ҳәм “Көшпели қабыллаў” илажы шөлкемлестирилди.

Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығының орынбасары, Мийнет инспекциясының баслығы Қобилжон Киргизалиев, Мийнет инспекциясының мүрәжатлар менен ислесиў секторының баслығы Рзаева Гузаля Тургунбаевна, бирге ислесиўши шөлкемлер ўәкиллери, тараўлық республикалық кеңес, бирлескен кәсиплик аўқамы комитетиниң баслықлары, жуўапкер шөлкемлестириўшилер, қалалық ҳәм районлық кеңеслери ҳәм басланғыш кәсиплик аўқамы комитетиниң баслықлары, жаңадан сайланған кәсиплик аўқамы белсендилери ҳәмде ғалаба хабар ўәкиллери қатнасты.

Илажда 2025-жыл 17-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев кәсиплик аўқамларының белсендилери ҳәм нуранийлери менен ушырасқаны, ушырасыў даўамында мәмлекетимиз басшысы тараў ўәкиллери менен қызғын сәўбетлескени, олардың усыныс ҳәм басламаларын тыңлағаны, сондай-ақ бул сөйлесиў қарақалпақстанлылар ушын ҳақыйқый қуўанышқа айланғаны, себеби Қарақалпақстан Республикасының ең шетки аўылында «Бозатаў» санаториясы пайдаланыўға тапсырылғаны атап өтилди.

Қалаберсе усы ушырасыўда Президентимиз кәсиплик аўқамлары искерлигине жоқары баҳа бериў менен бирге алдағы ўақытларда орынланатуғын ўазыйпалар әмелий мысаллар жәрдеминде анық көрсетип берилгенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, республикамыз аймақларында өткерилип атырған “Ашық есиклер күни” ҳәм “Көшпели қабыллаў” илажлары бәрше ушын пайдалы болып атырғанлығы айтып өтилди.

Оннан соң илаж даўамында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен соңғы беш жыл даўамында алып барған искерлиги ҳәм ерискен нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берилди.

Соныңдай, илажда жаңадан сайланған кәсиплик аўқам комитети баслықларына өз жумысын устав талаплары тийкарында алып барыўы, жәмәәтлик шәртнамалары ҳәм келисимлерин қабыл етиўде мийнет нызамшылығында белгиленгенинен тысқары қосымша кепилликлер ҳәм жеңилликлерди нәзерде тутыў, сондай-ақ, кәсиплик аўқамларының тийкарғы ўазыйпасы хызметкерлерди ҳәр тәреплеме социаллық-экономикалық ҳәм ҳуқықый жақтан қоллап-қуўатлаў екенлиги бойынша түсиниклер берилди.

Илаж соңында қатнасыўшылар өз-ара пикир алмасып, жумыс бериўшилер менен хызметкерлер арасындағы мийнет қатнасықларында пайда болып атырған машқалалы мәселелер бойынша сораўларына жуўаплар алды.