Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелери ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен “2025 жылда кәсиплик аўқам шөлкемлеринде есабат-сайлаў жыйналыслары ҳәм конференцияларын өткериў тәртиби” атамасында усы жылдың 22 январь күни оқыў семинары өткерилди.
Семинарда кәсиплик аўқам шөлкемлериниң 2025 жылдағы есабат-сайлаўларын өткериў тәртиплери, бунда нызамшылық тийкарлары, шөлкемлердиң өз-ара шериклиги ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын күшейтиў бағдарлары бойынша ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берилди. Соның менен бирге, жыйналысларды нәтийжели өткериў ҳәм демократиялық принциплерге әмел етиў додаланды.
Илажда кәсиплик аўқамлары искерлигинде ашықлық ҳәм әшкаралықты тәмийинлеў, хызметкерлер ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўдағы тийкарғы жөнелислер, соның менен бирге, кәсиплик аўқамлары менен бирге ислесиўши шөлкемлер арасындағы аўызбиршилик мәселелерине итибар қаратылды.
Семинарда басланғыш кәсиплик аўқам жетекшилери ҳәм белсендилери қатнасты.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: