“КӘСИПЛИК АЎҚАМЛАРЫ БАҒЫ” жаратылды

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси де “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде саяманлы, декоратив ҳәм мийўели терек нәллерин егиў жумысларын қызғын алып бармақта.

Президентимиздиң басламасы менен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде елимиз бойлап әмелге асырылып атырған нәл отырғызыў илажлары шын мәнисинде улыўма миллий ҳәрекетке айланды. Мәмлекетимизде кең көлемде мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин отырғызыў бойынша әҳмийетли 40 күнлик өткерилип, терек егиў жумыслары нәтийжели алып барылмақта.

Жойбар шеңберинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси басламасы менен Тақыятас районы «Айдын жол» балалар дем алыў орайындағы 0,5 гектар жер майданын егиўге тайын жағдайға келтирилди.

Сондай-ақ, «Айдын жол» орайында “Кәсиплик аўқамлары бағы” жаратылып, кәсиплик аўқамлары хызметкерлери тәрепинен 160 тан артық мийўели, декоратив ҳәм саяманлы нәллер егилди.

Гүзги терек егиў акциясы шеңберинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси хызметкерлери, сондай-ақ, тараўлық Кеңеслери баслықлары, жуўаплы шөлкемлестириўшилер ҳәмде белсендилери қатнасты.

Соның менен бирге, барлық аймақлардағы кәсиплик аўқамлары тәрепинен де нәл егиў жумыслары жәмлескенлик пенен алып барылып, бағлар, жасыл белбеўлер жаратылмақта.

Шынында да, тереклерге меҳир бериў, оларды тәрбиялаў ең ийгиликли ҳәм қайырлы ис есапланады. Нәл егип, бағ жаратыў, қоршаған орталықты таза ҳәм азада сақлаў халқымыздың әсирлер даўамында қәлиплесип киятырған миллий қәдириятлары саналады.