Бүгинги күнде Глобаллық ықлым өзгериўи, суў ресурслары жетиспеўшилиги ҳәм әтирап-орталықтың патасланыўы сыяқлы мәселелер жайғана теориялық талқылаў емес, бәлки ҳәр бир инсанның күнделик турмысы, саламатлығы ҳәм келешегине тиккелей тәсир көрсетип атырған оғада актуал мәселе. Сол себепли, хызметкерлердиң қәўипсиз ҳәм таза әтирап-орталықта мийнет етиўин тәмийинлеў ҳәм де топарларда экологиялық мәдениятты қәлиплестириў заманагөй кәсиплик аўқамларының үстин туратуғын ўазыйпаларынан бирине айланып атыр.
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының тийисли баянламасы ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Атқарыў Комитетиниң қарары орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде исленген “Экологиялық белсенди кәсиплик аўқамы жамәәти” Республика көрик-таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы тап усы ийгиликли мақсетлерге хызмет етти. Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы Улықбек Жалменов, басланғыш кәсиплик аўқамы комитетлери баслықлары ҳәм де тараўдың белсендилери қатнасты.
Таңлаў жуўмағына көре, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогика институты, Мойнақ районы медицина бирлеспеси, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы, “Қарақалпақ суў тәмийнаты” АЖ ҳәм де Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты командалары 1-орынды ийеледи. 2-орынға Төрткүл районындағы 29-санлы улыўма билим бериў мектеби ҳәм де Қанлыкөл районы медицина бирлеспеси мүнәсип көрилген болса, 3-орын Нөкис қаласындағы 40-санлы мектепке шекемги тәлим шөлкеми жамәәтине несип етти.
Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Жуўмақ орнында соны да айтыў керек, бул сыяқлы таңлаўлар мийнет жәмәәтлери арасында текғана саламат бәсеки орталығын қәлиплестирип қалмастан, бәлки хызметкерлердиң екологиялық жуўапкерлигин асырып, тәбиятты сақлап-әлпешлеў сыяқлы ийгиликли идеа әтирапында бирлесиўине хызмет етеди.







Spelling error report
The following text will be sent to our editors: