Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-август күнги ПҚ-5227-санлы қарарына муўапық, 2022-2023 оқыў жылында өз искерлигин баслаған Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар академиясы Орайлық Азияда бирден-бир болған мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар тараўында жоқары мағлыўматлы кадрларды таярлап бериў мақсетинде өз искерлигин баслаған.
Ҳәзирги күнде, мийнет мүнәсибетлери жөнелисинде тәжрийбели кадрларни таярлаў тек ғана Өзбекстанда емес, бәлки, раўажланған мәмлекетлерде ҳәм айрықша стратегиялық ўазыйпалардан бири есапланады.
Кәсиплик аўқам органларының Академияда 2024-2025 оқыў жылы ушын қабыллаў басланғанын кең жәмәәтшиликке үгит-нәсиятлаў ҳәм жоқары маманлыққа ийе кадрларға мүтәжлиги болған, хызметкерлерди оқытыўды режелестирген шөлкемлер менен ислесиў белгиленгенлиги себепли, усы жылдың 17-май күни Қарақалпақстан Республикасына Академия Хызметкерлер бөлими баслығы Бозорбоев Хусан Турабекович ҳәм Академия Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша бөлим баслығы Холиқов Тошпулат Суюновичлар келип жоқары оқыў орынлары, орта арнаўлы билимлендириў мекемелери ҳәм олардың басқарма ўәкиллери, халық билимлендириў ўәкиллери, абитурентлер, кәсиплик аўқам белсендилери ҳәм ири кәрхана шөлкем ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда Академияда бүгинги күнде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм 2024-2025 оқыў жыллары ушын күндизги ҳәм сыртқы тәлимниң бакалавр жөнелисине абитуриентлердиң Академияға ҳүжжет тапсырыўы менен байланыслы болған мәселелер бойынша ушырасыў қатнасыўшыларына кеңнен түсиниклер берди. Соның менен бирге ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған барлық саўалларына жуўаплар алды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: