“Ықлым өзгериўиниң мийнет қәўипсизлигине ҳәм гигиенасына тәсири”

2024-жылдың 22-апрель күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен 28-апрель «Пүткил дүнья жүзилик мийнетти қорғаў күни»не бағышланған “Ықлым өзгериўиниң мийнет қәўипсизлигине ҳәм гигиенасына тәсири” атамасында ис-илажлар өткерилди.

Халықаралық мийнет шөлкеминиң басламасы менен 2003-жылдан берли дәстүрге айланып ҳәр жылы нышанланып киятырған бул илажлар, дүнья жәмийетшилигин үлкен машқалаға, яғный өндирис пенен байланыслы жүз берип атырған бахытсыз ҳәдийселерди, кәсип кеселликлерине ушыраўдың алдын алыў, ықлым өзгериўи себепли өндирис пенен байланыслы жүз бериўи мүмкин болған ҳәр қандай унамсыз жағдайлардың алдын алыў ҳәм мийнетти қорғаў мәселелерине итибарды күшейтиўге қаратып келмекте.

Ҳәзирги ўақытта Халықаралық Мийнет Шөлкемине ағза болған ҳәр бир мәмлекет «Ықлым өзгериўиниң мийнет қәўипсизлигине ҳәм гигиенасына тәсир» етиўин әлле қашан аңлап жетти. Себеби жумыс орынларындағы жоқары температура жүрек-қан тамыр ҳәм дем алыў системасы кеселликлеринен өлимге алып келиўи мүмкин. Ықлым өзгериўи себепли хызметкерлер ыссылық стрессы, өдирис пенен байланыслы жарақатларға ушыраўы ҳәм мийнет өнимдарлығының пәсейип кетиўи қәўипине алып келиўи мүмкин. Бул, әсиресе, ашық ҳаўада яки ыссы ханаларда жумыс ислейтуғын мийнеткешлер ушын қәўипли есапланады.

Жумыс орынларында қәўипсизликке ийе болған мийнет шәраятлары бул – қәўипсиз ҳәм саламат шәраятларына болған ҳуқық басшылығы ҳәм хызметкерлер тәрепинен қәдирлениўи ҳәм олардың қошаметлентирилиўи.

Барлық тәреплердиң мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасын турақлы жақсылаўдағы қатнасы – Ықлым өзгериўиниң мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасы жолындағы нәтийжели ҳәрекетин сәўлелендиреди.

Глобал раўажланыў процесси алдымызға жаңа ўазыйпаларды қойып атыр.

Биз саламат орталықты жаратқан жағдайда, хызметкерлер қәўипсиз шәраятларда мийнет етиўине ерисиўди мақсет қылғанбыз.