Кәсиплик аўқамлары өз искерлиги даўамында елимиздеги демократиялық реформаларды тереӊлестириў ҳәм пуқаралық жәмийетти раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар мазмун-мәнисине сай рәўиште шөлкемлестирип, социаллық шерикшилик принципине тийкарланған үш тәреплеме сөйлесиўлер жүргизиўлер арқалы жәмәәтлик келисимлер қабыл етиў жумысларын алып бармақта.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Кеңесине ағза 1984 басланғыш кәсиплик аўқам шөлкемлеринде 314 мыңнан аслам кәсиплик аўқам ағзалары 12 тараўда мийнет етпекте.
24 кәсиплик аўқам комитет баслықлары тийкарғы жумыстан азат етилген болса, 1960 кәсиплик аўқам комитет баслықлары жәмәәтшилик басламада мийнеткешлердиң мәпин қорғаўда белсендилик көрсетип келмекте.
Кәсиплик аўқамларының тийкары болған басланғыш шөлкемлерге тийкарғы итибарды қаратыў, олардың жумысларын жетилистириў кәсиплик аўқамлары жоқарғы органларының ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болғанлықтан, бүгинги күнде баслы итибар басланғыш шөлкемлердеги ҳәр бир хызметкердиң социаллық қорғалыўынан шетте қалмаўы, мүлкшилик формасынан қатий нәзер, барлық кәрхана, шөлкем ҳәм мекемелерде басланғыш шөлкемлердиң дүзилиўи ҳәмде жәмәәтлик шәртнамалардың имзаланыўы, олардың орынланыўы бойынша мийнет жәмәәти алдында жылында кеминде бир мәрте есабат берип барылыўын тәмийинлеў мәселелерине қаратылып келинбекте.
Дәстүрге айланған көрик таңлаў илажлары даўам етпекте.
Ҳәр еки жылда бир мәрте өткерилиўи белгиленген «Ең үлгили басланғыш шөлкем» көрик таңлаўының тараўлық республика басқышында қатнасқан ҳәм жумыслары үлгили тәризде жолға қойылған басланғыш шөлкемлер жумысларын кеңнен ең жайдырыў, орынлардағы басланғыш шөлкемлердиң жумысларының нәтийжелилигин асырыў, кәсиплик аўқамлары алдында турған ўазыйпаларды ҳәм келешектеги режелерди белгилеў ҳәмде өз-ара тәжрийбе алмасыўды шөлкемлестириў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.
Бүгинги өткерилип атырған илажда, тараўлық республика басқышында жеңимпаз болған ағзалары 100-шекемги ҳәм ағзалары 100-артық болған басланғыш шөлкемлер өз-ара беллесиўинде жумысларын сәўлелендириўши ҳүжжетлер (кәрхана, шөлкемде имзаланған жәмәәтлик шәртнамалардың көширмелери, кәсиплик аўқам комитети ҳүжжетлер ҳәм т.б.) ҳәм басқа көргизбели қураллардан кең пайдаланып өзлери әмелге асырған жумысларын мультимедиа, сүўретлер, баннерлер ҳәм видеороликлер арқалы көрсетти.
Тийкарғы баянатынан соң таңлаўдың тараўлық республика басқышында 1-,2-,3-орын жеңимпазлары Кеңестиң 1,2,3-дәрежели диплом ҳәмде естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Аймақлық жуўмақлаўшы илажда белсенди қатнасқан басланғыш шөкемлер «Ең шырайлы көргизбе шөлкемлестирген басланғыш шөлкем» номинациясы бойынша – Қоңырат районы медицина бирлеспеси басланғыш кәсиплик аўқам комитети ҳәм «Жумысларын ең жақсы көрсете алған басланғыш шөлкем» номинациясы бойынша “KARAKALPAK SEMENT” жуўапкершилиги шекленген жәмийети басланғыш кәсиплик аўқам шөлкеми Кеңестиң қымбат баҳалы саўға ҳәм диплом менен сыйлықланды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: