Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында студент-жасларға мәрипий ушырасыў өткерилди

Илаж, Өзбекистан Касаба аўқамлары Федерациясы баслығы Қудратилла Рафиқовтың «Миллат Шавкати» китабының презентациясына бағышланды.

Усы жылдың 15-сентябрь күни Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында Өзбекистан агросанат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика кеңесиниң мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәпилерин қорғаў бөлиминиң бас қәнигеси Назаров Нодирбек Аскарович ҳәм Өзбекистан Агросанат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўапкер шөлкемлестириўшиси Сейтназаров Ерғали Ержановичлардың басшылығында өткерилди.

Мәрипий ушырасыўда Өзбекистан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығы, сенатор Қудратилла Рафиқовтың қәлемине тийисли әсерге бағышланған баянаты тыңланды.

Нодирбек Назаров китапта алға сүрилген миллий өзликти аңлаў, тарийхый естеликти қәдирлеў ҳәм Ўатанға садықлық идеяларының бүгинги күн ушын әҳмийетине айрықша тоқтап өтти. Сондай-ақ, соңғы он жыллықта елимизде алып барылып атырған улкен реформалар ҳәм барлық тараўлардағы унамлы жаңаланыўлар ҳаққында пикир жүритилди.