Усы жылдың 8-май күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси мǝжлислер залында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы, Өзбекстан Әдиллик министрлиги ҳәм Өзбекстан камбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри жанындағы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң Өзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызлар ҳәм еркеклердиң тең ҳуқықлары ҳәмде имканиятлары кепилликлери ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына қосымша ҳәм өзгерислер киритиў ҳаққында 2022-жыл 15-декабрдеги 809-санлы Нызамын әмелге асырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы көлеминде үгит-нәсият илажы өткерилди.
Илǝжға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Шаңарақ ҳǝм хаял-қызлар комитети жуўаплы хызметкерлер ҳǝмде район (қала)лардағы АПЖ, МПЖлардың хаял-қызлар белсендилери қатнасты.
Илажды Сенатор, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы У.Жалменов ашып берди ҳǝм алып барды.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги бөлим баслығы Өтеўлиев Абылқасым Өтегенович жыйналғанларға Өзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызлар ҳәм еркеклердиң тең ҳуқықлары ҳәмде имканиятлары кепилликлери ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына қосымша ҳәм өзгерислер киритиў ҳаққында 2022-жыл 15-декабрдеги 809-санлы Нызамының мазмуны, бүгинги күндеги ǝҳмийети ҳаққында кең түсиник берип өтти.
Буннан соң Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң мийнет хуқық инспекторы Турсынов Полат Муратбаевич тǝрепинен мийнет шǝртнамаларын бийкар етиўде ҳаял-қызларға берилген жеңилликлер, жумыс бериўшилердиң миннетлемелери ҳаққында түсиниклер берилди.
Илǝж соңында қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: